ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫНДА МӘНЕЎИЙ ҲӘМ МАТЕРИАЛЛЫҚ ҚОЛЛАП ҚУЎАТЛАЎ БАҒДАРЫНДАҒЫ ИСКЕ АСЫРЫЛҒАН ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

##plugins.themes.bootstrap3.article.main##

А Аллияров
И Елмуратов

Аннотация

«Барлығымыздың таянышымыз ҳәм сүйенишимиз болған перзентлеримиздиң қуўанышын, керек болса, ашық келбети, бахтиярлылығын көриў, ертеңги күнге исенимди өзимизге елеслетиў – соның өзи үлкен бахыт емеспе?»,– деп айтқан еди Президентимиз И.А.Каримов. Ҳақыйқатында да, миллий идеяның бас мақсети келешек әўладқа итибар болып есапланады. Мәнаўият инсан ҳәм жәмийет мәдениятының тийкары, олар өмириниң мәлим бағдарының бас факторы есапланады. Белгили бир социал-экономикалық өмир дизиминиң қәлиплесиўинде, өзгериўинде мәнеўият күшли тәсир көрсетеди. Егер мәнаўият раўажланып байып барса, әлбетте, жәмийет раўан болып барады, ал ол жарлыланса, ондай жағдайда жәмийет кризиске ушырайды. Солай екен, мәнаўиятсыз уллы мәмлекет қурып болмайды. Соның ушын ғәрезсизлик жылларында мәнаўият мәселелерине, мәнаўий жетик, кәмил инсанлар тәрбиясы мәселелерине айырықша итибар берилмекте.

##plugins.themes.bootstrap3.article.details##

Как цитировать
Аллияров, А., & Елмуратов, И. (2015). ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫНДА МӘНЕЎИЙ ҲӘМ МАТЕРИАЛЛЫҚ ҚОЛЛАП ҚУЎАТЛАЎ БАҒДАРЫНДАҒЫ ИСКЕ АСЫРЫЛҒАН ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА. ВЕСТНИК КАРАКАЛПАКСКОГО ГОСУДАРСТВЕННОГО УНИВЕРСИТЕТА ИМЕНИ БЕРДАХА, 27(2), 20–23. извлечено от https://science.karsu.uz/index.php/science/article/view/562
Раздел
Статьи