ТАРИЙХЫМЫЗ - ӨЗЛИГИМИЗ, ӨЗГЕШЕЛИГИМИЗ
##plugins.themes.bootstrap3.article.main##
Аннотация
Өзбекистан Республикасының ғәрезсизликке ерисиўи халқымыздың әсирлик әрманларын әмелге асырды, тарийхымыздан әдиўли орын ийеледи. Бул, жәмийеттиң тарийхый ой-пикирин, оның сиясаты ҳәм идеологиясын қәлиплестириўге тиккелей тәсир көрсететуғын, концептуал дүзилисинде усы жәмийет мазмун-мәнисин өзинде жәмлеп, ондағы руўхыйлық, миллий қәдриятлардың көрсеткиши сыпатында шығыўшы тарийх пәнине жаңаланыў ҳәм ғәрезсиз Өзбекистан талапларына мүнәсип болыў ўазыйпасын жүкледи. Сонлықтан ғәрезсизлигимиздиң дәслепки күнлеринде-ақ бул ўазыйпалардың тийкарғы маңызы халқымыздың ҳақыйқый тарийхын дөретиўге, раўажланыўдың түрли басқышларында жер жүзлик цивилизацияда оның тутқан орны ҳәм ролин анықлаўға, тарийхый билимлерди тарқатыў ҳәм нәсиятлаў арқалы миллеттиң руўхый-әдеп-икрамлылық тийкарларына, бай мәдениятына қайтыў, әййемги дәстүр-қәдриятларын тиклеўге қаратылды.
##plugins.themes.bootstrap3.article.details##
Это произведение доступно по лицензии Creative Commons «Attribution» («Атрибуция») 4.0 Всемирная.