ӘЖИНИЯЗ ҚОСЫБАЙ УЛЫ ИНСАН ҲӘМ ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
##plugins.themes.bootstrap3.article.main##
Аннотация
Әжинияз Қосыбай улының (1824-1883) дүньяға көзқарасына тийкар болған тәсәўип тәлийматы, инсан ҳәм оның жәмийетте тутқан орны ҳаққындағы концепциясы менен оғада бай жетискенликлерге ийе еди. Инсан қудай тәрепинен айрықша мүмкиншиликлерге миясар етип, ақыл жүргизиў ҳәм есте сақлаў, ойлап, пикирлеўге, жақсы-жаманды айырыўға, дөретиўшилик исслерине уқыплы болып жаратылған тиришилик ийеси. Шайыр инсан ҳаққындағы усындай пикирлерин даўам еттире отырып, оны дуньяның сүтини, жаратылыстағы ең қудиретли жанызат сыпатында баҳалайды. Әсиресе, инсанлар өзи жасап атырған жәмәәтти ҳәм жеке өзлерин жетилистирип барыўшы, оны тәртипке салып, басқарыў системаласып өзлерине хызмет етиў ушын муўапықластырыўшы қәсийетке ийе деп түсинди. Усыған бола ойшыл дуньядағы барлық мүмкиншиликлер инсан мәпине бағышланған болыўы тийисли деген пикирде болды.
##plugins.themes.bootstrap3.article.details##
Это произведение доступно по лицензии Creative Commons «Attribution» («Атрибуция») 4.0 Всемирная.